Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Жоқары дәрежедеги Евроазия экономикалық кеңесиниң мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи
2025-06-27 17:15:00 / Анонслар

Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Бәринен бурын, дәстүрий қызғын қабыллағаны ҳәм бүгинги ушырасыўымызды жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Беларусь Республикасы Президенти ҳүрметли Александр Григоревич Лукашенкоға билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.
Сондай-ақ, Евроазия экономикалық аўқамында Беларусь тәрепиниң нәтийжели басшылығын, бул дәўирде көп тәреплеме әмелий бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескенин атап өтпекшимен.
Бүгин кәсиплеслеримниң шығып сөйлеўлеринде дүнья экономикасында жүзеге келип атырған қыйын жағдайға баҳа берилди. Протекционизм ҳәм санкциялар сиясатының күшейиўи, саўда-логистика шынжырларының бузылыўы ҳәм сырт елли шериклердиң инвестициялық белсендилигиниң қысқарып барыўы ақыбетлериниң унамсыз тәсирин биз Өзбекстанда толық сезип атырмыз.
Бизиң тәбийғый ҳәм дәстүрий шериклеримиз болған Евроазия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм тереңлестириў сыртқы экономикалық сиясатымыздың тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтпекшимен.
Пурсаттан пайдаланып, усы жылдың басынан берли Өзбекстанда болып өткен «Иннопром. Орайлық Азия» халықаралық санаат көргизбеси ҳәм төртинши Ташкент инвестициялық форумын қоллап-қуўатлағаны ҳәм олардың жумысында делегацияларыңыз белсене қатнасқаны ушын барлық кәсиплеслериме миннетдаршылық билдиремен.
Бул илажлардың жуўмағында әҳмийетли келисимлерге ерисилди, кооперация бойынша жаңа бағдарлар ҳәм перспективалы жойбарлар белгиленди. Биз мәмлекетлеримиздиң және де көбирек жетекши компаниялары ҳәм финанслық топарларын тартқан ҳалда, бул бирге ислесиў майданларын кеңейтиўди режелестирмектемиз.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Сизлерге Өзбекстанның Евроазия экономикалық аўқамы менен көп тәреплеме бирге ислесиўи қалай раўажланып атырғаны ҳаққында қысқаша мағлыўмат бермекши.
Бақлаўшы мәмлекет статусындағы төрт жыллық бирге ислесиў дәўиринде Өзбекстанның Евроазия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен сыртқы саўда айланысы 80 процентке өсти ҳәм өткен жылдың жуўмағы бойынша 18 миллиард долларды қурады. Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен, саўда операцияларының номенклатурасы, бәринен бурын, санаат өнимлерин жеткерип бериў есабынан кеңеймекте. Биргеликтеги кәрханалар ҳәм жойбарлардың саны үш есеге өсти.
Усы жылдың март айында Биргеликтеги жумысшы топардың төртинши мәжилиси табыслы өткерилип, оның жуўмағында техникалық тосқынлықларды басқышпа-басқыш сапластырыў, санаат кооперациясын тереңлестириў ҳәм исбилерменлик басламаларын хошаметлеў бойынша келисилген илажлар ислеп шығылды.
Биз 40 анық илажды қамтып алған, үш жылға мөлшерленген жаңа режени әмелге асырыўға киристик.
Өзбекстан, сондай-ақ, Евроазия экономикалық аўқамының әҳмийетли басламаларында, соның ишинде, «Евроазия агро экспресс», электрон саўданы раўажландырыў, жүк тасыўды санластырыў ҳәм климат мәселелери сыяқлы жойбар ҳәм бағдарламаларда белсене қатнаспақта.
Апрель айында барлық тәртип-қағыйдаларды жуўмақладық ҳәм Евроазия раўажланыў банкин шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қосылдық. Банк пенен биргеликте инфраструктураны модернизациялаў, металлургия, тоқымашылық, химия тараўлары ҳәм басқа да стратегиялық тармақларда перспективалы жойбарлар портфели ислеп шығылмақта.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Евроазия экономикалық аўқамы менен шерикликти буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтпекшимен.
Биз өз-ара саўда айланысын кеңейтиў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириўге айрықша әҳмийет қаратамыз.
Өзбекстан мәмлекетлеримиз арасындағы еркин саўда аймағының жумысын тәмийинлеўге байланыслы барлық келисимлерди толық көлемде орынламақта.
Саўда операциялары тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм техникалық тәртипке салыў системаларын жақынластырыўға қаратылған бир қатар усынысларымыз экспертлер тәрепинен үйренилиўин тезлестириў зәрүр, деп есаплаймыз.
Биз, сондай-ақ, саўданы қоллап-қуўатлаўда техникалық тәртипке салыўдың санлы системалары ҳәм Аўқамның санлы транспорт коридорлары экосистемасы, Евроазия қайта қамсызландырыў компаниясы сыяқлы қурал ҳәм механизмлерге қосылыўдан мәпдармыз. Бул бизиң бизнесимиз ушын шараятты сезилерли дәрежеде жеңиллестиреди, мәмлекетлеримиздиң товар базарларына өз-ара кириўинде қолайлы имканиятларды тәмийинлейди.
Заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект жедел раўажланып атырғанын есапқа алып, санластырыў тараўында көп тәреплеме бирге ислесиў перспективалы, деп есаплаймыз.
Электрон саўда, өнимлердиң санлы маркировкасы, жаңа әўлад логистика платформаларын жаратыў, анық тармақларда жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша бағдарларды қамтып алған айрықша бағдарлама қабыл етиўди усыныс етемиз.
Сондай-ақ, Өзбекстан өткериў пунктлериниң бирден-бир интеграцияласқан мәлимлеме системасында қатнасыў имканиятына ийе екенин де атап өтпекшимен. Бул, бәринен бурын, шегаралардан өтиўди жеделлестириў, мониторинг нәтийжелилиги ҳәм барлық процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў имканиятын береди.
Техникалық жақтан биз бундай жойбарларда белсене қатнасыўға таярмыз.
Кооперация байланысларын раўажландырыўды хошаметлеў ушын киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша иске қосылған бағдарламалар, соның ишинде, Евроазия экономикалық аўқамы Исбилерменлер кеңеси менен биргеликтеги илажлар шеңберинде әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўди усыныс етемиз.
Санаат тараўындағы жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў механизми және санаат кооперациясы ҳәм технологиялар трансфери бойынша Евроазия тармағы платформасы имканиятларынан пайдаланыўдан мәпдармыз.
Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылардың бирге ислесиўи ушын имканиятларды кеңейтиўге қаратылған илажларды ислеп шығыўда ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли. Бул жерде сөз, бәринен бурын, Өзбекстанның Евроазия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен агрокооперация бағдарламасын қабыл етиў ҳаққындағы басламамызды әмелге асырыў ҳаққында бармақта. Бул бағдарлама алдыңғы технологияларды енгизиў, аўыл хожалығы өнимлериниң ҳәрекетлениў тәртиплерин әпиўайыластырыў, «жасыл» коридорлардың нәтийжели жумысы ҳәм оларды кеңейтиўди нәзерде тутады.
Евроазия экономикалық аўқамындағы шериклеримиз бенен биргеликте мийнет ресурслары тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм мобилизациясын арттырыў бойынша жедел жумыс алып бармақтамыз. Усы мүнәсибет пенен мийнет базарында талап үлкен болған тараўларда профессионал стандартлар ҳәм маманлық талапларын жақынластырыў мәселелери бойынша экспертлер мәсләҳәтлесиўлерин өткериўди усыныс етемиз.
Егер кәсиплеслеримиз қоллап-қуўатласа, биз Шөлкем шеңберинде енгизилген «Шегара билмес жумыс» интеграцияласқан платформасына да қосыламыз.
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Сөзимниң жуўмағында Евроазия экономикалық аўқамы шеңберинде биз әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге садық екенимизди және бир мәрте тастыйықлайман.
Өзбекстанның жоқарыда атап өтилген көп тәреплеме бағдарлама ҳәм жойбарларда қатнасыўы экономикалық шерикликти беккемлеўге хызмет ететуғынына ҳәм бүгинги шараятта мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўына имканият беретуғынына беккем исенемен.