
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда

Кудратов Лазиз Шавкатович
Өзбекистан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри
Мәмлекет экономикасы ҳәм халықтың бәнтлигинде санаат жүдә үлкен орын ийелейди.
2024-жылы жалпы ишки өним 6,5 процентке артып, 115 миллиард долларға жетти. Сырт ел инвестициясы 1,6 есе өсип, дерлик 35 миллиард долларды қурады. Баҳасы 10 миллиард долларлық 242 ири ҳәм орта жойбарлар иске қосылды. Экспорт 27 миллиард долларға жетти. Таў-кән, нефть-газ, химия, аўыл хожалығы тараўларында инвестиция 2 есеге артқан. 50 районға 100 миллион доллардан көп инвестиция кирип келген. 22 еркин экономикалық зонадағы 589 кәрхана 42 триллион сумлық өним ислеп шығарған.
2025 жылдың 21-апрел күни “2025 жыл ушын меншиклилестириў программасы туўрысында”ги Президент Пəрманы қабылланды.