Tiykarģı kontentke ótiw

Жергиликли санааттың раўажланыўы ушын жаңа имканиятлар белгиленди

2025-05-26 18:30:00 / Májilisler

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 26-май күни жергиликли санаатты раўажландырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бүгин дүньядағы тербелислер шараятында ҳәр бир мәмлекет, бәринен бурын, ең көп жумыс орынларын жарататуғын тараўларды қорғаў илажларын көрмекте. Мәмлекетимизде тоқымашылық, қурылыс материаллары, мебель қурылысы мине, усындай тараўлар болып есапланады – оларда 1 миллионға шамалас халық жумыс ислемекте.

Өткен 4 айда елимизде санаат 6,3 процентке өсип, 290 триллион сумға жеткен. Экспорт 20 процентке артып, 6 миллиард 350 миллион долларды қураған.

Мәжилисте жергиликли санаатты қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў мәселелери додаланды. Бул бағдардағы жағдай район ҳәм тармақлар кесиминде талланып, кемшиликлер көрсетип өтилди.

Мәселен, тоқымашылықта 7 мыңға шамалас исбилермен 500 ден аслам түрдеги өнимлер ислеп шығармақта. Айырымлары абырайлы брендлерге кийим-кеншек жеткерип бермекте.

Бирақ көпшилик сапаға ислеп атырғаны менен, оны көрсетип бере алмай атыр. Ҳәзирге шекем тек ғана 244 кәрханамызда халықаралық сертификат бар. Олардың да үлкен бөлеги Ташкент ҳәм ойпатлық ўәлаятларында болып, басқа аймақларда бармақ пенен санаў мүмкин.

Өзбекстан Президентиниң пәрманына муўапық, тек ғана халықаралық сертификат алыў емес, ал кәрхананы оған бейимлестириў қәрежети де қаплап берилетуғыны белгиленген. Буннан пайдаланып, имканиятларды исбилерменлерге жеткерип, ҳәр бир ўәлаятта халықаралық сертификатқа ийе кәрханаларды көбейтиў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда әҳмийетли басламаны алға қойды. Өзбекстанда Миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў компаниясы шөлкемлестириледи. Оған сырт елден бренд-менеджер, дизайнер, маркетологлар тартылып, миллий брендлеримизди жәҳән базарына алып шығыўға жәрдемлеседи. Халықаралық сертификаты бар, бәсекиге шыдамлы өнимлерге сапа белгиси берилип, дүнья жүзинде кеңнен үгит-нәсиятланады.

Елимизде миллий өнимлер бир жерде сатылатуғын саўда орайлары жоқ. Соның ушын енди аймақларда “Mall of Uzbekistan” комплекслери қурылады. Олардағы саўда дүканлары исбилерменлерге минимал баҳада ижараға бериледи. Бундай орайлар қарыйдарларға кең таңлаў имканиятын берип, сырт елли туристлерге де қолайлы болады.

Ҳәзирги қыйын шараятта өзимизде бар шийки затты терең қайта ислеп, қосымша қунды көбейтиў – ең тийкарғы мәселе. Усы мақсетте, таяр өним ислеп шығарыўшылар ушын факторинг системасы енгизилди, оған 100 миллион доллар ажыратылды.

Соның даўамы сыпатында, енди тоқымашылық кәрханалары ийирилген жипти факторинг тийкарында әпиўайыластырылған тәртипте сатып алыўы мүмкин болады.

Жергиликли санааттағы және бир потенциаллы бағдар – мебель қурылысы. Бул тармақта 7 мың 500 кәрхана жумыс алып бармақта. Өткен жылдың өзинде 920 жаңа кәрхана ашылған. Тараўда 6 триллион 700 миллиард сумлық өним таярланып, 20 миллион долларлық мебель экспорт етилген.

Исбилерменлеримиз буннан да көп нәрсеге уқыплы. Усы мақсетте үйдеги өнерментшиликтен санаатласқан басқышқа өтиў тилегинде жүргенлер көп.

Соның ушын, енди 5 адамға шекем жумысшы алғанларға жеке исбилермен сыпатында мебель ислеп шығарыўға рухсат бериледи. Бул жумысты баслаў, кеңейиў тилегинде жүрген жас исбилерменлерге 7 жылға 5 миллиард сумға шекем 18 процентлик кредит ажыратылады.

Мебель ислеп шығарыўға қәнигелескен Шараф Рашидов, Янги Наманган, Пастдарғом, Орта Шыршық, Қува, Бувайда, Юнусабад ҳәм Учтепа районларында Ханқа тәжирийбеси тийкарында мебель ислеп шығарыў орайлары шөлкемлестириледи.

Тараўдағы киши бизнес ўәкиллери сырт елден материаллар алып кириўде қыйыншылық пайда етиўи мүмкин. Оларға бул бағдарда жәрдемлесиў, транспорт қәрежетлерин жеңиллетип, шийки затты арзан жеткерип бериў мақсетинде ағаш ҳәм ағаш материалларын орайласқан ҳалда алып келиў шөлкемлестириледи. Онда монополияға жол қойылмайды, керисинше базарда таңлаў имканияты артады. Исбилерменлер баҳасы ҳәм талабына қарап, усы арзанластырылған ағаштан ямаса басқа тәмийнатшыдан сатып алыўы, ямаса сырт елден өзи алып келиўи мүмкин болады.

Сондай-ақ, 14 түрдеги шийки зат, фурнитура, аксессуар ушын 3 жыл мүддетке импорт бажысы 1 процент етип белгиленеди.

Экспорт жумысын хошаметлеў мақсетинде мебельшилерге халықаралық сертификат алыў қәрежетиниң ҳәм сырт елден тартқан дизайнер, маркетолог, инженер-технологлардың мийнет ҳақысының ярымы төлеп бериледи. Халықаралық көргизбелерде ижара пулы компенсацияланатуғын майдан ҳәзирги 20 квадрат метрден 40 квадрат метрге арттырылады.

Елимизде әзелден қәдирленген зергерлик бүгин экономикада қосымша драйвер болыўы мүмкин. Өткен жылы бул тармақта өндирис 200 миллион доллардан асқан, экспорт 17 процентке өсип, 92 миллион долларға жеткен.

Бирақ бул жылына 100 тоннадан аслам алтын қазып алынатуғын Өзбекстандағы имканиятлардың оннан бири де емес. Сол себепли бул тараўда да қосымша жеңилликлер белгиленди.

Енди зергерлер де жеке исбилермен сыпатында алтын буйымлар саўдасы менен шуғылланыўы мүмкин болады. Сырт елден қәниге алып келиў қәрежетиниң 2,5 мың долларға шекемги бөлеги кеминде 5 шәкирт шығарыў шәрти менен төлеп бериледи.

Бул тараўда да санаат усылына өтиў ҳәм миллий брендлерди қоллап-қуўатлаў илажлары көриледи. Атап айтқанда, зергерликте қолланылатуғын үскенелер ҳәм олардың комплектлеўши бөлеклери импорт бажысынан азат етиледи. Наўайы ҳәм Алмалық кән-металлургия комбинатларынан алтынды бөлип төлеў тийкарында сатып алыў тәртиби және 3 жылға создырылады. Абырайлы брендлер менен бирге ислесиўди жолға қойып, олардың дизайны ҳәм үлгисин алып келиў қәрежетиниң 30 мың долларға шекемги бөлеги төлеп  бериледи.

Түркия, Дубай ҳәм Египет тәжирийбеси тийкарында Ташкент, Әндижан ҳәм Хийўада зергерлик орайлары ашылды. Енди бундай комплекслер басқышпа-басқыш басқа аймақларымызда да шөлкемлестириледи.

Зергерлерди шийки зат пенен турақлы тәмийинлеў ушын быйыл биржаға шығарылатуғын алтын көлеми 6 тоннадан 8 тоннаға арттырылады. Барлық аймақларда алтын резерви жаратылады.

Буған жуўап ретинде тармақта “жасырын экономика” үлесин қысқартыў, нызамлы жумысқа хошаметлеў илажларын қолланыў бойынша көрсетпелер берилди.

Дөретиўшилик көлеми кең болған елимизде қурылыс материалларына талап жоқары. Ҳәзирги күнде бул тармақта 10 мыңға шамалас кәрхана жумыс алып бармақта. Ендиги әҳмийетли ўазыйпа сапа ҳәм сатып алыўды тәмийинлеў.

Сол себепли қурылыс жумысларында жергиликли материаллардан кеңирек пайдаланыў, девелоперлерге айланыс қаржы ушын кредит ажыратыў арқалы оны қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

“Ашық-айдын қурылыс” платформасында қурылыс материаллары кәрханаларының реестрин шөлкемлестирип, ол арқалы сапа рейтингин жүргизиў ўазыйпасы қойылды.

Өнимлердиң өзине түсер баҳасын түсириўде энергияны  үнемлеў жүдә әҳмийетли. Соның ушын энергия ҳәм ресурс жумсалыўы жоқары бағдарларды таллап, үнемли инновациялық шешимлерди қолланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер ҳәм исбилерменлердиң усыныслары тыңланды.

444

Жергиликли санааттың раўажланыўы ушын жаңа имканиятлар белгиленди