Шавкат Мирзиёев: Хорезм даңқлы тарийхымыз бенен жаңа реформалар тутасқан кесилиспе
2025-05-02 17:50:00 / Мәжилислер

Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм даңқлы тарийхымыз бенен жаңа реформалар тутасқан кесилиспе екенин атап өтти.
Логистика шынжырынан узақта, тәбийғый ресурслары шекленген бул жерде быйылғы жылды «киши ҳәм орта бизнес жылы» болды, деп айтыў мүмкин. 2024-жылы ўәлаятта 7 мың жаңа исбилермен жумыс баслаған, 47 кәрхана кишисинен ортаға өткен. 1 мың 700 кәрхананың жумысы тикленген. Булардың нәтийжесинде ўәлаятта бир жыл ишинде 290 мың халық жумыслы болған.
Бирақ алдында әҳмийетли мәселелер көп. Ўәлаятта кәмбағаллық дәрежеси еле де 12 процент әтирапында, 45 мың пуқара жумыссыз. Соның ушын ҳәкимлер ҳәм олардың орынбасарлары ҳәр бир имканиятты жойбарға айландырып, жаңа жумыс орынларын жаратыўы, санаат, сервис, туризм, аўыл хожалығы, экспорт потенциалын және де арттырыўы зәрүр екенлиги айтылды.
Мәмлекетимиз басшысы бул тараўлардағы имканиятлар ҳәм оларды иске қосыў илажларын көрсетип өтти.
Мәселен, елимизде туризм экспортының потенциалы 10 миллиард доллар болса, соның 2 миллиард доллары Хорезмге туўра келеди. Тилекке қарсы, бул толық иске қосылмай атыр.
Ўәлаят бойынша жәми 263 мәдений мийрас естелиги бар. Исбилерменлер менен биргеликте олар туристлик орынға айландырылса, қосымша дәрамат ҳәм жумыс орынлары болады. Сондай-ақ, сырт елден тәжирийбели археологларды тартып, тарийхый орынларды анықлаў ҳәм тиклеўге қаржы ажыратылады.
Хорезмде 40 тан аслам өнерментшилик бағдарлары раўажланған болып, туристлер өним таярлаў процесине де қызығады.
Туризмде аўқатланыў орынлары оғада әҳмийетли. Президентимиз миллий тағамларымызды сырт еллерде үгит-нәсиятлап атырған рестораншыларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлигин атап өтти. Сырт елде өзбек ресторанларын шөлкемлестириўде дизимнен өтиў, рухсатнама ҳәм жумыс жүргизиў менен байланыслы қәрежетлердиң бир бөлеги қаплап берилетуғыны белгиленди.
Мийман орынлары ҳәм транспорт қатнаўларын көбейтиў, жаңа кеўилашар ҳәм тематикалық орынларды қурыў, гид ҳәм официантлар таярлаў мәселелерине де тоқтап өтилди.
Улыўма, быйыл жәми 200 миллион долларлық 91 жойбарды орынлаў, туризм ҳәм хызметлер тараўында 100 мың жумыс орнын ашыў ўазыйпасы қойылды. 2 миллион сырт ел ҳәм 10 миллион жергиликли туристти тартып, туризм экспортын 700 миллион доллардан арттырыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.
Экономика тараўында да имканият көп. Быйыл Хорезмде кеминде 6 процент экономикалық өсимди тәмийинлеп, жалпы аймақлық өнимди 60 триллион сумнан арттырыў нәзерде тутылған. 265 мың халықты бәнт етип, 104 мың адамды кәмбағаллықтан алып шығыў мөлшерленген.
Мәселен, меншиклестириў бағдарламасына тийкарланып 2025-жылы ўәлаятта 41 мәмлекетлик имарат, 350 гектар жер участкасы саўдаға қойылмақта. Бул хызмет көрсетиў, туризм ҳәм өндирис тараўлары ушын үлкен имканият.
Соңғы сегиз жылда Хорезмде мебель санааты 3 есеге өсти. Ханқадағы 10 гектар жерде мебель ислеп шығарыў зонасы шөлкемлестирилди. Бул тармақты және де раўажландырыў ушын сырт елден дизайнер, маркетолог, инженер-технолог алып келинеди.
Улыўма, елимизде бул тараўға қосымша түртки бериў ушын арнаўлы бағдарлама таярлаў тапсырмасы берилди.
Ҳәзирги дүньядағы қыйын шараятта инновация ҳәм инвестиция тартқан мәмлекет утып атыр. Бул бағдарда Хорезмде де режелер үлкен. Соның ишинде, быйыл 900 миллион долларлық 12 ири, 480 аймақлық жойбар иске қосылады. 65 түрдеги өним, 5 түрдеги үскене ислеп шығарылып, локализациялаў көлеми 1,7 триллион сумға жеткериледи. 1,5 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылып, 510 миллион долларлық экспорт етиледи.
Мәселен, Қўшкўпир районындағы 175 гектарда «Өзбекстан – Қытай технопарки» шөлкемлестирилмекте. Ол жерде 1 миллиард долларлық 16 инвестициялық жойбар болады.
Топыраққалада 10 миллиард долларлық газ-химия комплексиниң биринши басқышы басланады. Онда жылына 2 миллион тонна 14 түрдеги жоқары қосымша қунлы базалық полимер өнимлери ислеп шығарылады.
Хорезмде 663 қурылыс материаллары кәрханасы болып, ўәлаяттың драйвер тармақларынан бирине айланды. Енди олардың өнимлериниң сатылыўы финанслық илажлар арқалы қоллап-қуўатланады. Тармақта 100 миллион долларлық және 40 жойбар басланады.
Словакия компаниясы тәрепинен Топыраққала районында 170 миллион доллар есабынан рапс өсимлигин жетистириў ҳәм оннан биоэтанол ислеп шығарыў жолға қойылады.
Аўыл хожалығы тармақларында 60 миллион долларлық 56 жойбар иске қосылады. 3 мың 400 гектар жер қайта пайдаланыўға киргизиледи. 1 мың 200 гектар санаатласқан мийўели бағлар шөлкемлестириледи.
Австрияның “Бауэр” компаниясы менен Хорезмде 7,5 мың гектарда жаўынлатып суўғарыўды енгизиў режелестирилген. Онда фермерлерге усындай техникалар таяр орнатылып, лизинг тийкарында сумда жыллық 2,5 процент ставкада 10 жыл мүддетке бериледи.
Хорезмли фермерлер өзине түсер баҳаны түсириў ушын изленип, тракторға заманагөй «автопилот» орнатқан. Нәтийжеде шигит толық анықлықта егиледи, сапа артады. Бул басламаны қоллап-қуўатлаў ушын жеңиллетилген кредит берилетуғыны атап өтилди.
Ўәлаятта егислик жерге суў шығарыў аңсат емес. Республикадағы насослардың 21 проценти усы жерде жайласқан. Оларға қуяш панелин орнатып, электр қәрежетин үнемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Балықшылықты раўажландырыў, сүтти қайта ислеў, атызларда қосымша өнимлер жетистириў илажлары белгиленди.
Халықтың абаданлығын арттырыў мақсетинде қурылыс жумыслары да режелестирилген. Соның ишинде, быйыл 7 мың квартиралы 200 көп қабатлы жай қурылады, 1,5 мың километр жол ҳәм 20 көпир оңланады. Бул тараўда 20 мың халық жумыс пенен тәмийинленеди.
Социаллық тараўларды раўажландырыў ўазыйпалары да көрсетип өтилди. Медицина мәкемелери ҳәм жоқары технологиялық хирургиялық операцияларды көбейтип, халықты саўалландырыў, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларының студентлерин дуал билимлендириўге қамтып алыў, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Мәжилисте белгиленген илажларды орынлаў режелери бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.