Өзбекстан ҳүкимети делегациясы Урумчи қаласына барды
2025-04-30 12:00:00 / Жаңалықлар

Сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳəм де Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросының ағзасы, Шинжан-Уйғур автономиялық районы Парткомы хаткери Ма Синжуй басшылығындағы еки мәмлекет делегацияларының ушырасыўы болып өтти.
Дәслеп, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин ҳәм ШУАР Парткомы хаткерине жоллаған қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклери жеткерилди.
Қытай Өзбекстанның исенимли, ўақыт сынағынан өткен стратегиялық бирге ислесиўишиси екени, еки тәреплеме қатнасықлар барған сайын беккемленип атырғаны, мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилди.
Онда, Мәмлекетлердиң жетекшилери арасындағы тығыз, исенимли ҳәм қызғын дослық қатнасықлары үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Ушырасыўда тәреплер саўда, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиў раўажланып, инфраструктура, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, «жасыл» энергия тараўларында жаңа жойбарлар әмелге асырылып атырғаны нәтийжесинде өткен жылы товар алмасыў көлеми 13 миллиард доллардан артқанын билдирип, Мәмлекетлеримиз Басшылары тәрепинен белгилеп берилген 20 миллиард долларлық көрсеткишке ерисиў ушын барлық имканиятлар бар екенлигин атап өтти.
Саўда-санаат, транспорт-логистика, энергетика, аўыл хожалығы, туризм ҳәм билимлендириў тараўларында көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери бойынша да ҳәр тәреплеме пикир алысылды.