Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў режелери көрип шығылды
2025-07-02 09:45:00 / Prezentaciyalar

Бизге белгили, 2024-жылы Парижде болып өткен Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында елимиз спортшылары табыслы қатнасып, улыўма командалық есапта ҳәр еки бағдарда 13-орынды ийелеген еди. Усы жылы 13-февральда болып өткен видеоселектор мәжилисинде елимизде олимпиада ҳәрекетин буннан былай да раўажландырыў, болажақ жарысларға пуқта таярлық көриў ўазыйпасы қойылған еди. Соған муўапық, 2028-жылы АҚШтың Лос-Анджелес қаласында болатуғын XXXIV жазғы Олимпиада ҳәм XVIII Паралимпия ойынларына таярлық бойынша қарар жойбары ислеп шығылды.
Қарар менен 10 тийкарғы ўазыйпа белгиленбекте. Булар – спорт түрлерин тийкарғы, перспективалы ҳәм раўажланып атырған категорияларға ажыратқан ҳалда күшейтиў, нәтийжели спорт түрлериниң географиясын кеңейтиў, қәбилетли жасларды төменги буўыннан баслап ашық-айдын усылда таңлап алыў, сырт еллердиң тәжирийбесине тийкарланған миллий методика жаратыў, сайланды командалар ушын анық мақсет ҳәм нәтийжелиликке бағдарланған оқыў-шынығыў жыйынларын шөлкемлестириў, олардың материаллық-техникалық базасын жақсылаў, халықаралық спорт шөлкемлери менен бирге ислесиўди беккемлеў сыяқлылар болып есапланады.
Сондай-ақ, Өзбекстан спортшыларын 2028-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлаў бағдарламасы ҳәм мақсетли көрсеткишлер белгиленбекте.
Бул тараўдағы жумысларды системалы шөлкемлестириў мақсетинде Миллий олимпиада комитетиниң 14 аймақлық бөлими шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы ўәкили болады. Ҳәр бир аймаққа Спорт министрлиги ҳәм Олимпиада комитетинен жуўапкерлер бириктириледи.
Тийкарғы мақсет тек ғана Олимпиада емес, турақлы ҳәм беккем тийкар жаратыў болып табылады. Қәбилетли спортшыларды ең төменги буўыннан баслап сайлап алыў ҳәм профессионал етип таярлаў ушын үш басқышлы «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» жарысы жолға қойылады. Оның финал басқышы ҳәр жылы Олимпия қалашасында «Президент олимпиадасы» сыпатында өткериледи. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери Олимпиада орайларына тартылып, профессионал таярланады.
Республикалық олимпиада ҳәм паралимпиада орайының жумысы миллий сайланды командалар резервин жаратыўға қаратылады. Оның тәмийнаты 2026-жылдан баслап республика бюджетине өткериледи. Орай 8-11-класслар ушын мектеп, 1-2-курслар ушын колледж сыпатында жумыс алып барады ҳәм қабыллаў квотасы арттырылады. 1-2-курс оқыўшыларына Спорт министрлиги стипендиясы бериледи. Оқыў-шынығыўларды өткерип барыў ушын Олимпиада қалашасы имаратлары орайға бийғәрез тийкарда бириктириледи.
Сондай-ақ, атлетлер резервин кеңейтиў мақсетинде жеке меншик спорт клубларының жумысы жетилистирилип, рәсмий жарысларда қатнасыўы тәмийинленеди. Жоқары нәтийже көрсеткен спортшылар миллий сайланды командаларға қабыл етилиўи мүмкин болады.
Спортшы ҳәм тренерлер ушын көплеген хошаметлер де нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, абырайлы жарыслардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине тиккелей қабыл етиледи. Шебер спортшыларды басланғыш буўында жетистирген тренерлер ушын да үстемениң белгили бир бөлеги төлеп барылады.
Мәмлекетимиз басшысы спорт федерацияларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, аймақларда тараў инфраструктурасын жақсылаў, спортшы ҳәм тренерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша көрсетпелер берди.