Санлы технологиялар тараўындағы режелер көрсетилди
2025-07-02 09:35:00 / Prezentaciyalar

Мәмлекетимизде санлы технологиялар ушын жаратылған кең имканиятлар үлкен нәтийжелер алып келди. IT-парк резидентлери 2 мың 800 ден артты, сырт ел компаниялары 752 ге жетти. Бул тараўда 40 мың жаслар жоқары дәрамат таппақта.
Соңғы 5 жылда тараў экспорты 170 миллион доллардан 1 миллиард долларға жетпекте. Интернет тезлиги 7 есеге, мобиль интернет болса 4,5 есеге артты. Өткен жылы тараўдағы стартапларға 70 миллион доллар венчур инвестиция киргизилди.
Булардың нәтийжесинде “Глобал стартаплар индекси” рейтингинде Өзбекстан 12 текше жоқарылап, “ТОП-100″ге кирди. Өткен жылы “Жасалма интеллектке таярлық” халықаралық индексинде елимиз 17 текше көтерилип, Орайлық Азияда 1-орынды ийеледи. Өзбекстан телекоммуникация тараўының өсиў пәтлери бойынша ҒМДА мәмлекетлери рейтингинде биринши орынды ийеледи.
Бундай жумыслар избе-из даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, келеси жылы мәмлекетлик хызметлерди санластырыўды 70 процентке, IT хызметлериниң муғдарын 100 триллион сумға жеткериў режелестирилген. “Электрон ҳүкимет раўажланыў индекси”нде кеминде 55-орынға көтерилиў мақсет етилген. Бул көрсеткишлерге ерисиў ушын бир қатар ҳүжжет жойбарлары ислеп шығылған.
Презентацияда усы жойбарлар ҳәм усыныслар додаланды.
Бүгинги күнде 760 мәмлекетлик хызмет санластырылған. Өткен жылы 10 миллион пуқара санлы хызметлерден пайдаланған.
Мәмлекетимиз басшысы енди соңғы «Санлы ҳүкимет» басқышына өтиў ўақты келгенин атап өтти. Буны, бәринен бурын, халық ең көп мүрәжат ететуғын билимлендириў, медицина, қурылыс ҳәм коммунал тараўлардан баслаў керек екенлиги айтылды.
Өзбекстан Президентиниң 2024-жыл 14-октябрьдеги қарарына муўапық, Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы қабыл етилген еди. Бул тараўда инфраструктураны жақсылаўға 50 миллион доллар ажыратылды. Жасалма интеллект миллий моделин жаратып, 1 миллион қәниге таярлаў ўазыйпасы белгиленгн.
Санлы технологиялар министри буны әмелге асырыў басқышлары, инфраструктураны жақсылаў илажлары ҳаққында мәлимлеме берди.
Тараўда хызметлер көлеми ҳәм экспортын арттырыў да әҳмийетли ўазыйпалардан. Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы көрсеткишлердиң тийкарғы бөлеги Ташкент қаласының үлесине туўра келмекте. Өзбекстандағы шараятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде басқа релокантлар да елимизге келиўден мәп көрип атыр. Сол себепли ҳәр бир аймақта тартымлы орталық жаратып, сырт ел компанияларын тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди