Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң жаслар күнине бағышланған салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген сөзи
2025-06-30 17:35:00 / Májilisler

Қәдирли перзентлерим!
Бәринен бурын, сиз, әзиз ул-қызларымды, сизлердиң тымсалыңызда пүткил Өзбекстан жасларын қутлы әййям – Жаслар күни менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Сиздей нәўқыран әўлад ўәкиллерин бүгин мине, усындай жақсы кейпиятта көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Кейинги жылларда экономикамыз жедел пәтлер менен өсип, барлық тараўларда имканиятларымыз артып атырғанында, әлбетте, сиз жаслардың да мүнәсип үлесиңиз бар.
Бир сөз бенен айтқанда, бизиң бийбаҳа байлығымыз да, келешек ушын ең үлкен дивидендимиз де, жаслар, десек, дурыс болады. Билегинде күш-ғайрат, ҳәр бир ҳәрекетинде шаққанлық толып-тасып турған жигитлеримизди, билим ҳәм әдеп-икрамлылықта, ақыл-парасатта теңсиз қызларымызды көрип, ҳәр қандай халық, ҳәр қандай мәмлекет бизге ҳәўес етсе арзыйды.
Үлкен-үлкен мәмлекетлер, дүньяның ең абырайлы компаниялары бүгин бизге неге исенеди? Не ушын миллиардлап доллар инвестициялар киргизбекте?
Бул әлбетте, бийкарға емес. Өйткени, шериклеримиз жасларымыздың илим, билимлендириў, IT, мәденият, көркем өнер ҳәм спорттағы жетискенликлерин көрип, потенциалымызға баҳа бермекте, ертеңги күнимиздиң тийкары беккем екенине исеним пайда етпекте.
Биз реформаларымызды баслаған дәслепки күнлерден-ақ «илим – тәрбия – инновация шынжырын жаратыўға киристик. Бул жолдағы ҳәрекетлеримиз бүгин анық нәтийжелер бермекте.
Мине, бир мысал. Өткен жылы елимиз жаслары ТОП-500 жоқары оқыў орынларына кириў бойынша Орайлық Азияда 1-орынды ийеледи. Билимли жасларымыз биринши мәрте ТОП-5 ликтеги жоқары оқыў орынларына кирип, тарийхый нәтийже көрсеткени де бәршемизди қуўандырады. Бүгинги күнде 30 жасларымыз дүньяның ТОП-10 лық жоқары оқыў орнында, 500 и ТОП-100 ҳәм 1 мың 500 и ТОП-300 ликтен орын алған абырайлы университетлерде билим алмақта.
Усы саўлатлы залда отырған Жасурбек Умаров – Гарвард университетине, Рухшона Собирова – Пенсильвания, Асилбек Ашуров – Чикаго университетине быйыл 100 процент грант тийкарында оқыўға киргени билимлендириўдеги реформаларымыз қаншелли нәтийжели болып атырғанының айқын дәлили болып есапланады.
Жақында пүткил елимизде бәршемиз узақ күткен үлкен футбол байрамы болып өтти. Халқымыздың 34 жыллық әрманы орынланды – миллий сайланды командамыз тарийхта биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.
Жақын-жақынға шекем өмирин пахта атызында өткерген әпиўайы шаңарақ перзентлери илимде, спортта, басқа да тараўларда бундай жоқары шеклерди ийелейтуғынын көз алдымызға келтириў де қыйын еди. Биз жасларымыз ушын шараят жараттық, олар буннан үнемли пайдаланып, бийик шыңларды ийелемекте.
Бүгин сизлер сыяқлы ақылы өткир, мийнет сүйгиш ҳәм пидайы перзентлериме қарап, араңыздан физика, химия, медицина, экономика, әдебият бойынша жаңа Хорезмийлер, Беруний, Ибн Сино, Улығбек ҳәм Наўайылар жетисип шығатуғынына әлбетте, исенемен.
Биринши ҳәм Екинши Ренессансты уллы алым ҳәм ойшылларымыз жаратқан болса, бүгин тарийх гезекти сизлерге бермекте. Сизлер барлық тараўларда мәмлекетимиз байрағын бәлент көтериўге уқыплы екениңизге исенемен.
Сизлер – Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери сыпатында жаңа тарийх жарататуғын алтын әўладсыз!
Пурсаттан пайдаланып, мине усы қуўанышлы әййямда Ўатанымыздың раўажланыўы жолында умтылыў, илим алыў ҳәм мийнеттен шаршамайтуғын барлық жасларымызға, билимли, тәрбиялы ҳәм саламат перзентлерди камалға келтирип атырған ата-аналарға, үлкен өмирге қәдем қойыўында жасларға ең жақын мәсләҳәтши болып атырған ҳүрметли устаз ҳәм муғаллимлерге шын жүректен миннетдаршылығымды билдиремен.
Әзиз ул-қызларым!
Ҳәзирги ўақытта дүнья қандай тынышсыз, қандай қурамалы болып атырғанын көрип турмыз. Тынышлық – ең уллы жемис, инсан қәдири ҳәм әдиллик – ең үлкен қәдрият екенин ҳәр қашанғыдан да терең сезбектемиз.
Әлийшер Наўайы бабамыздың «Билим ғәзийнесин жаслықта жыйна» деген сөзлеринде әлбетте, оғада терең мәни бар. Шынында да, илим ҳәм ағартыўшылық пенен қуралланған, ўатансүйгиш халық ҳәр қандай сынақлардан мүнәсип өте алады. Жоқары билимли, дүньяқарасы кең, заманагөй пикирлейтуғын, технологиялық жақтан саўатлы жаслар көп болған елде тынышлық ҳәм раўажланыў, өз-ара аўызбиршилик бәрқулла турақлы болады.
Жасларымызға сапалы билим ҳәм тәрбия бериў, заманагөй кәсип ҳәм өнерлер, шет тиллерин үйретиў, турмыста мүнәсип орын табыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў – ең тийкарғы ўазыйпамыз ҳәм миннетимизге айланған.
Бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, аймағын үлгили еткен ўәлаят ҳәм районларымыз көп. Мысал ушын, жас исбилерменлеримиз шөлкемлестирген 261 кәрхананың жыллық айланысы 100 миллиард сумнан асты.
Бурын бул бағдарда тек ғана Ташкент қаласы жетекшилик еткен болса, бүгинги күнге келип Ташкент ўәлаяты, Самарқанд, Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана жасларының бизнестеги нәтийжелери де пайтахттан қалыспай атыр.
Қарақалпақстан, Қашқадәрья, Наўайы, Сырдәрья ҳәм Хорезм жаслар бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алдынғы аймақларға айланды. Жаслардың жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши бойынша Сурхандәрья бир жыл даўамында 11-орыннан 4-орынға көтерилип, үлкен қәдемге еристи. Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятлары да бул бағдарда жақсы нәтийже көрсетпекте.
Еки жыл алдын халықаралық пән олимпиадаларында 7 аймақтан 45 оқыўшы сыйлық алған болса, өткен 6 айда олардың қатарына Жиззақ, Әндижан, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Хорезм, Ташкент ўәлаятларының оқыўшылары да қосылып, жәми 166 медаль қолға киргизилди.
«Бир миллион программист» жойбары шеңберинде 325 мың жас оқытылды. Әсиресе, Хорезм, Қашқадәрья ҳәм Самарқандта жасларымыз IT тараўында үлкен дәрамат табыўға ерисип атырғаны итибарға ылайық.
Басқа бир мысал. Өткен жылы 150 мыңнан аслам жасларымыз халықаралық тил сертификатларын алды. Бул – 2023-жылға салыстырғанда 2 есеге көп. Шет тиллерин жетик билиў (Си-1) бойынша Ташкент қаласы, Ферғана, Наманган, Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларының жаслары бираз илгерилеп кеткенин атап өтиў керек.
Үлкен потенциалға ийе болған районлар жасларды тилге ҳәм заманагөй кәсиплерге үйретип, жумыслы етиў, жоқары билимлендириў менен қамтып алыў бойынша Бектемир, Зафарабад, Қараўылбазар ҳәм Арнасайдан үлги алыўы керек.
Усы жерде 2 мәcелеге айрықша итибар қаратып өтпекшимен.
Бириншиден, әлбетте, жаслардың тилин жаслар түсинеди, олар бир-биринен үлги алады, бир-бирине мотивация береди.
Сонлықтан, 9 мыңнан аслам мәҳәлледе жаслар жетекшилерин тайынладық. Олар үш жыл даўамында көп нәрсени үйренди, жетерли тәжирийбе арттырды. Енди олар мектеп, техникум, тил ҳәм кәсип орайлары менен де ислесиўди үйрениўи керек.
Жаслар жетекшилери ҳәр ҳәптеде мектеп директорлары, класс басшылары, ата-аналар менен ушырасып, қосымша тил ҳәм кәсиплерге қызығыўшылығы, ислеў тилеги бар оқыўшыларды анықлайды, ҳәким жәрдемшилериниң жәрдеминде өз аймағындағы кәрханалар, тил ҳәм кәсип орайлары менен сөйлесип, оқыўшыларды оларға байланыстырады, спорт ҳәм пәнлерге қызығыўшыларды дөгереклерге тартады. Усы илажлар ушын «Жаслар дәптери» арқалы берилген қаржыларды жумсайды.
Екиншиден, мәҳәллелеримизде 167 мың жәмлеспеген жасларымыз, тәрбиясы аўыр ҳәм ҳуқықбузарлық еткен 17 мың оқыўшы бар екени ҳәммемизди ойландырыўы керек.
Әсиресе, көп тараўларда алдында болған Әндижан, Хорезм, Қарақалпақстан ҳәм Бухарада бундай жаслардың үлеси жоқарылығы оларға әлбетте жараспайды.
Кейинги ўақытта жаслар арасында нәшебентлик, руўхыйлыққа тәсир ететуғын «таблеткалар»ды пайдаланыў тарқалып атырғаны қорқынышлы бир бәле, десек, дурыс болады.
Усы жерде жаңадан сайланған мәҳәлле басшыларына мүрәжат етпекшимен. Мәҳәлледеги тынышлық, аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт, саламат орталық кимге байланыслы? Мәҳәлле баслығы тек ғана «ақсақал» емес, жаслардың ең жақын досты, сырласы, жәрдемшиси. Мәҳәлле баслығы – бул мәҳәллениң ҳүжданы. Мәҳәлледе бир баланың болса да надурыс жолға кириўи сизлер ушын айрықша жағдай болыўы керек.
Соның ушын ҳәр бир бала ҳаққында, оның тәғдири, келешеги ҳаққында бәринен бурын сизлер көбирек қайғырыўыңыз керек. Мәҳәлле баслықлары жаслар менен тез-тез сөйлесип, жумыссыз жүргенин мәҳәллесиндеги 10-20 жақсы исбилерменге байланыстырып қойса, билим аламан, IT менен шуғылланаман, китап оқыйман, спортқа бараман, дегенине шараят жаратып берсе, билесизлер ме, жағдай қандай өзгереди, ата-аналардың аўырын қаншелли жеңил етемиз! Бундай ийгиликли ислеримиз Жаратқанға да, халқымызға да, әлбетте, мақул болады.
Сизлер бул ўазыйпаларды орынлайтуғыныңызға исенемен. Буның ушын сизлерде билим де, тәжирийбе де, күш-ғайрат та жетерли. Ең әҳмийетлиси, адамлар сизлерге исенеди, сизлерге ереди.
Бир ҳақыйқатты анық түсинип алыўымыз зәрүр. Баланың жаманы болмайды. Оларға үлкенлердиң меҳир-муҳаббаты, имканиятларын көрсетиўи ушын шараят, өзине исеним болыўы ушын мотивация керек.
Мысал ушын, Исбилерменлик жәмийетлик кеңесиниң ағзалары – 108 «чемпион» исбилерменлеримиз өзлериниң 308 кәрханасы әтирапындағы мектеплерге барып, жоқары класс оқыўшыларын кәсипке қызықтырып атырғаны мақтаўға ылайық.
Ең әҳмийетлиси, бул оқыўшылардың көпшилиги келешекте өмирин қайсы кәсип пенен байланыстырыў ҳаққында анық түсиникке ийе болмақта.
Бундай интакер, пидайы, ўатансүйгиш исбилерменлер – мениң қанатларым. Олардың көпшилигин бүгин мине усы залда көрип турман.
Айтыңлар, жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды кәсипке жеткериў, жумыслы ҳәм дәраматлы етиў ушын сизлерге және қандай шараятлар жаратып бериўим мүмкин?
Жигерли исбилерменлеримиз ҳәкимлер менен ушырасып, усынысларын тез күнде қәлиплестирип берсе, олардың ҳәммесин көрип шығыўға таярман.
Соның менен бирге, республикамыз бойынша 15 мыңға шамалас оқыў ҳәм 7,5 мың кәсипке таярлаў орайлары бар. Соңғы жыллары олар ушын 100 ден аслам жеңилликлер бердик.
Пурсаттан пайдаланып, бундай орайларға, олардың белсендилерине де мүрәжат етемен.
Сизлер ҳәзирги көрсеткишлериңиз бенен шекленип қалмастан, жумысты кеңейтип, заманагөй кәсиплер ҳәм шет тиллерин үйренип атырған жаслардың санын бир неше есеге көбейтиң, буның ушын сизлерге және қандай шараят керек болса, ҳәммесин жаратып беремен.
Мен ҳәкимлерден бир мәселени бәрқулла талап етип келгенмен, буннан кейин де талап етемен.
Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери ҳәр бир балаға өз перзентиндей қарап, олардың денсаўлығы, оқыўы, жүрис-турысы, қызығыўшылығы ҳәм арзыў-нийетлери, машқалаларынан бәрқулла хабардар болыўы зәрүр. Олар жаслар менен турақлы қарым-қатнас платформасын жолға қойып, мектеп, жоқары оқыў орны, оқыў ҳәм кәсип орайлары, исбилерменлердиң басын бирлестирип, жасларға жәрдемлесетуғын жаңа бир система жаратса, әлбетте нәтийже болады.
Бул жумыслар «кампанияпазлық»қа айланып кетпеўи, болып атырған өзгерислерди ҳәр бир мәҳәлледеги ҳәр бир жас ҳәр күни терең сезиўи зәрүр.
Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (Ж.Жўраев) буның үстинен тәсиршең қадағалаў орнатады.
Әне сонда Жаңа Өзбекстанда билим алмаған, жумыссыз, кәсип ийелемеген, бир сөз бенен айтқанда, жәмлеспеген жаслар деген түсиниклердиң өзи қалмайды.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Хабарыңыз бар, февраль айындағы ушырасыўымызда жаслар ушын 40 тан аслам жаңа басламаларды жәриялап, дерлик 500 миллион доллар ажыраттық. Жаслар ушын, олардың келешеги ушын бүгин киргизилген қаржы, инвестиция, ертең әлбетте он, жүз, мың есеге болып қайтады.
Сизлер илим алың, жаңадан-жаңа идеялар бериң, ойлап табыў ҳәм жойбарлар ислең, излениў ҳәм ҳәрекеттен шаршамайсыз! Мен сизлерди бәрқулла қоллап-қуўатлаўға таярман!
Быйыл 35 миллиард долларлық 8 мың 300 жойбарды иске қосып, 292 мың жаңа имаратты жараттық. Және 500 мың жумыс орнын жарататуғын 83 миллиард долларлық жойбарларды баслаймыз.
Мәселен, энергетикада – 20 миллиард, нефть-газ ҳәм химияда – 11 миллиард, таў-кәнде – 7 миллиард, электротехника ҳәм автомобиль қурылысында 4,5 миллиард долларлық мыңлаған кәрханалар иске қосылады. Бул жойбарлар Қарақалпақстаннан Әндижанға шекем, Сурхандәрьядан Ташкентке шекем – барлық аймақларда әмелге асырылады.
Мине, усындай жумысларымыз басланыўы менен «жасыл» экономика, «жасыл» энергетика, санлы геология, технологиялық минераллар, биоинженерия бағдарларында мыңлаған қәнигелерге талап пайда болады. Тилекке қарсы, бундай жоқары маман қәнигелер өзимизде жетиспей атырғаны себепли ҳәзирги ўақытта оларды шеттен алып келмектемиз.
Жаңа технологиялар әсиринде ким утады? Тек ғана креатив пикирлейтуғын, заманагөй билим ҳәм кәсиплерди ийелеген қәнигелер утады. Бүгин сизлердеги күш-ғайратты көрип турман, әлбетте сиз, әзиз жаслар бул кәрханаларды басқарып, үлкен-үлкен ойлап табыўлар ислейсиз, оларға инновацияларды алып киресиз.
Сол себепли ҳәзирден-ақ бундай жойбарлар бойынша кадрлар таярлаўды баслаймыз.
Қәдирли ўатанласлар!
Хабарыңыз бар, жақында «Гарвардшылар» мектебин ашыў бойынша үлкен пәрманға қол қойдым. Бул мәкеме Әбиў Райхан Беруний атындағы халықаралық мектеп сыпатында жумысын баслап жиберди. Бул халықаралық мектепке быйылғы 8-класс питкериўшилери арасынан 60 оқыўшыны таңлап алып, 3 бағдарда оқытамыз.
Еле қабыллаў тамамланбай турып бир орынға 275 оқыўшы талабан болмақта. Биз бул орынларды келешекте бир неше есеге көбейтемиз. Улыўма, Миллий бағдарлама тийкарында ҳәр жылы ең потенциаллы 3 мың оқыўшы таңлап алынып, Гарвард, Йель, Колумбия, Корнель сыяқлы дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларына таярланады. Соннан кеминде 300 жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлери болады.
Бүгинги күнде «Билимлендириў – келешек инвестициясы», деген ийгиликли идея жәмийетимизде үлкен ҳәрекетке айланбақта. Абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларына кирип атырған барлық жасларымыз да 100 процентлик грант алыў имканиятына ийе емес. Бул тәбийғый, әлбетте.
Жақында «Эл-юрт умиди» қорының жумысын жетилистирдик. Енди ТОП-300 лик жоқары оқыў орнына киргенлер ушын оқыў ҳәм жасаў қәрежетин қаплаў системасы жаңа тәртипте ислей баслайды.
Бәринен бурын, STEAM – илим, технология, инженерлик ҳәм математика бағдарлары, энергетика, транспорт, урбанизация, архитектура, қурылыс, аўыл ҳәм суў хожалығы сыяқлы драйвер тараўлар ушын квоталарды бир неше есеге арттырып атырмыз.
Биз және бир мәселени шештик – енди банклер ТОП-300 жоқары оқыў орнына кирген жасларымызға 20 мың долларға шекем жеңиллетилген кредит береди.
Және бир әҳмийетли бағдар – жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша банк-қаржы, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм энергетиканы тийкарғы тараўлар сыпатында белгилеп, 100 жойбарды әмелге асырамыз. Бул бағдарда және үлкен-үлкен режелеримиз бар. Атап айтқанда, қәдириятларымыз ҳәм мәдениятымызды өзинде сәўлелендиретуғын жасалма интеллекттиң миллий моделин ислеп шығыўды басладық.
Бул жумысларымыз бай тарийхымыз ҳәм заманагөй көзқарасларды өзинде жәмлестирип, жаслардың жаңа креатив идеяларын қәлиплестириўге хызмет ететуғынына исенемен. Бул система нәтийжели болыўы ушын Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте «Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери» бағдарламасын иске қоспақтамыз.
Усы жылдың өзинде «Al Study» платформасы арқалы кеминде 100 мың жасларымыз жасалма интеллект технологияларын үйренеди. Усы жаңа жойбар есабынан жасалма интеллект тараўында бәсекиге шыдамлы ҳәм жоқары тәжирийбели қәнигелеримиз және де көбейеди, деп исенемен.
Ҳәзирги күнде мектеплеримизде 19 мың 500 информатика муғаллими бар. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги еки айда дүньядағы биринши санлы Массачусетс технология институтының жасалма интеллект билимлендириў бағдарламасы тийкарында оқыў бағдарламаларымызды жаңалайды.
Ҳәр бир ўәлаяттан 100 информатика муғаллимин таңлап алып, быйыл Жаңа Өзбекстан университетинде усы бағдарламаға оқытады. Бул ментор муғаллимлер өз аймағындағы қалған информатика муғаллимлерин еки жыл даўамында каскад усылында таярлайды. Бул арқалы бес жылда барлық мектеп питкериўшилери жасалма интеллект бойынша жетерли билимге ийе болады.
Және бир бағдарға итибарыңызды қаратпақшыман. «Санлы әўлад қызлары» таңлаўында билимлендириў, жасалма интеллект, «жасыл» экономика, климат өзгериўи сыяқлы тараўларда 7 мың оқыўшы ҳәм студенттиң 120 стартап жойбары таңлап алынды.
IT тараўының басқа кәсиплерден үстинлиги неде, билесиз бе? Жақсы компьютер, интернет ҳәм көнликпелер болса, барлық жумысты үйде орынлаў мүмкин. Бир тигиў машинасының пулына азғана қосып, жақсы компьютер алып берилсе, қызларымыз үйде де мың долларға шекем дәрамат табады.
Соның ушын, быйыл кеминде 50 мың қызларымызды «Санлы әўлад қызлары» жойбары менен қамтып аламыз. Санластырыў министрлиги (Ш.Шерматов) ҳәм Миллий банк (А.Мирсоатов) жыл ақырына шекем IT ҳәм тил сертификаты бар жасларды кепилликли жумысқа орналастыратуғын система жаратады.
Биз стартапларды қоллап-қуўатлаў бойынша система жараттық. Оларды қаржыландырыўға 145 миллион доллар венчур инвестиция киргизилди. Бул санды 1 миллиард долларға жеткеремиз. Енди бул жумысларды мектептен баслаймыз. Оқыўшылар ушын «Шеберлик ҳәм бизнес сааты» енгизилип, олардың идеясын стартапқа айландырыўға 100 миллиард сум грант ажыратамыз.
Жоқары оқыў орынлары арасында стартаплар бойынша ҳәр жылы «Ең жақсы креатив идея» таңлаўы өткерилип, жеңимпазларға жоқары оқыў орны қорынан 300 миллион сумға шекем грант бериледи. Стартапты прототипке айландырыў ҳәм сынақтан өткериў ушын Инновация агентлиги ҳәм IT парк «R&D» орайын ашады. Онда ең жақсы жойбарлар бойынша прототип жаратыў қәрежетиниң 50 мың долларға шекемги бөлеги Жаслар венчур қорынан қапланады.
Саўда-санаат палатасы ҳәр жылы инвесторлар, ири кәрханалар ҳәм стартап жойбарлары интакерлериниң қатнасыўында да «Стартап-экспо» көргизбесин өткерип барады.
Ҳәзирги күнде таў-кән, агросанаат, тоқымашылық, химия, электротехника, қурылыс материаллары тараўында 1 миллион жас мийнет етпекте.
Енди санаат, сервис, исбилерменлик ҳәм аўыл хожалығында бәнт жаслардың кәсиплик раўажланыўы бойынша да система жаратамыз. Ҳәр бир кәсип бағдары бойынша әйне жаслар арасында республикалық жарыслар өткериледи. Онда мәмлекетлик кәрханалар ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллери теңдей қатнасады.
Тармақ басшылары ҳәр жылы өз системасындағы 100 жумысшыны селекциялап, сырт елге стажировкаға жибериўди жолға қояды. Бул ушын ҳәр бир тармақ 10 миллиард сумнан ажыратады. Сол қаржыларды салық салыў базасынан шегирип таслаймыз.
Оған Саўда-санаат палатасы (Д.Ваҳобов) басшылық етеди.
Кейинги ўақытта оқыўға кире алмаған мектеп питкериўшилери ҳәм техникум ҳәм жоқары оқыў орынларын тамамлап атырған студентлерди бәнт етиў бойынша 2 айрықша бағдарлама қабыл еттик. Усы мақсетте «Алоқабанк» ҳәм Миллий банкке 300 миллион доллар ажыратылды. Олар «Жаслар бизнеси» бағдарламасы шеңберинде 100 мың жасты, «Келешекке қәдем» бағдарламасы арқалы 140 мың жоқары оқыў орнын питкериўши жасты дәраматлы жумыс пенен тәмийинлеўге жуўапкер болады.
Жыл жуўмағында қанша жасты жумыслы еткени бойынша «Алоқабанк» (К.Ирисбекова) ҳәм Миллий банк (А.Мирсоатов)тиң есабатын өзим қабыл етемен.
Бәнтлик министрлиги, Саўда-санаат палатасы Миллий банк пенен бирге жылдың ақырына шекем жоқары оқыў орны, техникум, кәсиплик билимлендириў питкериўшилерин жумыс бериўшилер менен байланыстыратуғын платформаны иске қосады.
Бәнтлик, Мектеп, Жоқары билимлендириў министрликлери «Ҳәрекетте дәрамат» электрон системасын жаратып, дем алыстағы 3 миллион жасты маманлық талап етпейтуғын жумыслар менен бәнт етеди.
Саўда-санаат палатасы (Д.Ваҳобов), Саўда-сервис ассоциациясы (З.Ҳошимов) ҳәр жылы жоқары класс оқыўшыларын кәсип таңлаўға қызықтырыў ҳәм жәрдемлесиў мақсетинде «Мениң кәсибим» республикалық таңлаўын өткереди.
Миграция агентлиги (Б.Мусаев) қайсы мәмлекетте қайсы кәсип раўажланған болса, жеңимпазларды сол мәмлекетке көнликпесин арттырыў ушын жибереди.
Киши бизнеске қосымша шараятлар жаратыў үстинде ислеп атырмыз. Буны жақында жәриялаймыз.
Кейинги жети жылда басқарыў кадрларының қурамы әдеўир жасарып, 40 жасқа шекемги басшылардың үлеси 37 проценттен 65 процентке артты. Биз Жаңа Өзбекстанда «халық хызметиндеги мәмлекет» принципин әмелге асырыўда сиздей талантлы, жанкүйер ҳәм жетекшилик қәбилетине ийе болған ул-қызларымызға сүйенемиз.
Соның ушын, өткен айда, перспективалы кадрларды таярлаў ҳәм мәмлекетлик басқарыўға тартыў бойынша әҳмийетли пәрманға қол қойдым. Енди Мәмлекетлик басқарыў академиясында «Келешек лидерлери» бағдарламасы бойынша ҳәр жылы 100 потенциаллы жас оқытылады. Бул жаслар министр ҳәм ҳәкимлерге бириктириледи, еки ай олардың жанында жүрип, тәжирийбе арттырады. Кейин бир айға сырт ел стажировкасына жибериледи. Программаны тамамлаған жаслар басшылық лаўазымларына тийкарғы талабан болады.
Жасларымыздың китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыўда таңлаўлар әҳмийетли роль атқармақта.
Бир ғана мысал, Муҳаммед Хорезмий атындағы мектептиң 8-класс оқыўшысы Дилбар Ҳайдарова «Жас китапқумар» таңлаўында жеңимпаз болып, ата-анасына Президент сыйлығы – автомобиль саўға етти.
Дилбархан қызым, сен өзиңниң мысалың менен инсан шын кеўилден ҳәрекет етсе, көп нәрсеге ерисе алатуғынын дәлилледиң, бул жолда көпшилик ушын үлги болдың. Бул ушын үлкен рахмет саған! Сени камалға келтирген ата-анаңа да айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Жаслардың актёрлық, музыка, китапқумарлыққа қызығыўшылығын арттырыў ушын «Туран» театры, «Иқтидор ансамбли», «Жадидлер изинен» сыяқлы таңлаўлар өткерилип, оларға 400 мыңға шамалас оқыўшы қатнасты.
Енди таңлаўларда жеңимпаз болған топарлар шетки аймақлардағы мектеплерге турақлы барып, өзлериниң шығыўлары менен заманласларын мәденият ҳәм көркем өнерге қызықтырады. Ол ушын ўәлаят ҳәкимлери бир автобустан алып береди. Республикалық таңлаў жеңимпазларына мәденият ҳәм көркем өнер жоқары оқыў орынларына кириўде жеңиллик бериледи. «Иқтидор» мектеп ансамбли таңлаўының ўәлаят басқышы жеңимпазлары Балалар ҳәм музыка көркем өнер мектеплеринде бийпул оқытылады.
Жас әўладты ҳәр қыйлы зыянлы тәсирлерден сақлаў, оларға мәлимлеме мәканында пайдалы, мазмунлы мағлыўматларды жеткериў ҳәм үгит-нәсиятлаў бәрқулла итибарымыз орайында болыўы зәрүр.
Усы мақсетте Балалар контентин раўажландырыў орайын шөлкемлестирдик. Бул орай миллий мәденият, көркем өнер, әдебият, тарийх ҳәм руўхый қәдириятлар тийкарында балаларға мөлшерленген тәрбиялық контентлер жаратыў ушын жуўапкер болады.
Усы жылдан баслап мәҳәллелерде өткерилген «Шижоат ва ғайрат» әскерий-спорт жарысларында 244 мың жигит-қыз қатнасты, 1 миллионнан аслам жаслар болса оларды үлкен қызығыўшылық пенен бақлап барды.
Бир сөз бенен айтқанда, бул беллесиўлер ўатансүйиўшилик, мәртлик ҳәм аўызбиршиликти үгит-нәсиятлайтуғын әҳмийетли ҳәрекетке айланды.
Мәмлекетимиз ғәрезсизлигин, халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын көздиң қарашығындай сақлаўда сиз, әзиз жасларымызға сүйенемиз.
Умытпаң, ғәрезсизлик – бул тек ғана рәсмий статус емес, ал ҳәр бир жасқа өз тәғдирин өзи белгилеў имканиятын беретуғын уллы жемис.
Мине, 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнинде пайтахтымыздағы «Жеңис парки»нде «Миллет пидайылары» монументин аштық. Бул жерде елимиздиң тынышлығы жолында әзиз жанын пидә еткен 196 мәрт ҳәм батыр әскерлеримиз, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң атлары мөрленген.
Жасларымыз ушын ўатансүйиўшилик, мәртлик ҳәм даңқ мектебин аңлаў, оларды қаҳарманлық руўхында тәрбиялаўда бул орынның әҳмийети жүдә үлкен.
Министрлер, ҳәкимлер усы қутлы дәргайға жасларды көбирек алып барса, оларда Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери де жоқарылайды.
Жасларға байланыслы реформаларымызды халықаралық жәмийетшилик те кеңнен тән алмақта. Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми «Жаслар – 2030» стратегиясын жедел әмелге асырып атырған 10 мәмлекет қатарына кирди. Жаслар раўажланыў индексинде мәмлекетимиз жаслар сиясаты тараўында ең тез пәтлер менен раўажланып атырған мәмлекет, деп табылды. Бухара қаласы – Түркий дүнья жасларының пайтахты, Ташкент қаласы – Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы жасларының пайтахты статусын алды.
Усы күнлерде елимизде өткерилип атырған Глобал жаслар фестивалына 30 дан аслам мәмлекеттен келген 300 ден зыят жаслар, 10 нан аслам абырайлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнаспақта.
Бул форум тек ғана мәмлекетимиз емес, ал пүткил дүнья жаслары ушын нәтийжели бирге ислесиў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў майданы болып хызмет ететуғынына исенемен.
Мен бүгин «Креатив экономика», «Санлы «жасыл» басламалар», «Жаслар исбилерменлиги ҳәм стартаплар» ҳәм «Жас инноваторлар» майданларындағы ул-қызларымыз бенен сөйлесип, ҳәзирги жасларымыз – Жаңа Өзбекстанның ҳақыйқый дөретиўшилери екенине және бир мәрте исеним пайда еттим.
Мен сизлер менен мақтанаман!
Сизлердиң ҳәр бир жетискенлигиңиз бул – көп миллетли пүткил халқымыздың жетискенлиги.
Күш-ғайратыңыз, саламат дүнья танымыңыз, бахыт-ығбалыңыз – миллионлаған аналар, устаз-тәрбияшылар, жақынларыңыздың да бахыт-ығбалы болып есапланады.
Әзиз перзентлерим!
Жаслықта алынған билим – тасқа ойылған нағыс, келешек ушын тийкар дегени. Тийкар қаншелли беккем болса, өмириңиз, бахтыңыз имараты соншелли саўлатлы болады.
Жаслықтағы ҳәрекет бул – келешектеги табыс дегени.
Жаслықта арттырылған дос – өмирлик бирге ислесиўши, таяныш ҳәм сүйениш дегени.
Ҳеш қашан умытпаң, перзентлери билимли, саламат, мәрт ҳәм батыр, бәрқулла алға умтылып жасайтуғын халықтың ҳәм мәмлекеттиң келешеги әлбетте, жарқын болады.
Мен пүткил Өзбекстан жаслары мине усындай пазыйлетлердиң ийеси болыўын тилеймен.
Биз пүткил халқымыз бенен, сиз, әзиз перзентлерим менен уллы мақсетлеримизге әлбетте жететуғынымызға исенемен!
Жаңа Өзбекстанды ҳәммемиз биргеликте әлбетте, қурамыз!
Бүгинги байрам менен сизлерди және бир мәрте қутлықлайман, ҳәммеңизге әўмет ҳәм табыслар яр болсын!
Бәрқулла саў-саламат болыңлар!