Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процеси ҳаққында мағлыўмат берилди
2025-05-15 09:35:00 / Презентациялар

Мәмлекет басшысының айрықша қадағалаўы тийкарында 2023-жылдан баслап ЖДСШға ағза болыў илажлары көрилмекте. Өткен дәўирде көп ҳәм еки тәреплеме сөйлесиўлерде белгили нәтийжелерге ерисилди.
Соның ишинде, Жумысшы топардың төрт әҳмиетли мәжилиси өткерилип, 500 ден аслам мәселелер көтерилди, 30 дан аслам рәсмий ҳүжжетлер ЖДСШ Секретариатына усынылды. Ағзалықты жеделлестириў мақсетинде тараўларда системалы реформалар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, еки тәреплеме сөйлесиўлер шеңберинде 33 мәмлекет пенен базарға кириў бойынша сөйлесиўлер алып барылып, бүгинги күнге шекем 24 и менен сөйлесиўлер жуўмақланды.
ЖСШ ағзалары менен сөйлесиўде жаңа қатнас ҳәм реформалардың нәтийжелери унамлы баҳаланбақта. Бул өз гезегинде Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў процесинде ашық-айдынлық ҳәм әдил саўдаға болған исенимли умтылысын тастыйықлайды.
Усы мәнисте, миллий нызамшылықты шөлкем талапларына бейимлестириў шеңберинде кең көлемли ҳуқықый ҳәм институционаллық реформалар әмелге асырылды. Атап айтқанда, 13 нызам, Президенттиң 10 пәрман ҳәм қарары, Министрлер Кабинетиниң 19 қарары ҳәм 10 уйымлараралық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.
Соның ишинде, бажыхана тәртип-қағыйдалары, експорт-импорт қағыйдалары ҳәм интеллектуаллық мүлк тараўындағы механизмлер басқышпа-басқыш ЖСШ стандартларына бейимлестирилди, мәмлекетлик үлеси болған 6 кәрханада ексклюзив ҳуқықлар бийкар етилди.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ЖДСШға ағза болыў процесин жеделлестириў және оны сапалы ҳәм системалы шөлкемлестириў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Оған бола, усы жылы қалған 9 мәмлекет пенен еки тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлаў, Жумысшы топардың 2 мәжилисин өткериў ҳәм Жумысшы топардың есабат жойбарын жуўмақлаў арқалы Өзбекстанның ЖСШ шеңбериндеги миннетлемелерин толық қәлиплестириў ўазыйпалары анық белгилеп берилди.
Сондай-ақ, нызамшылықты шөлкем талапларына бейимлестириў шеңберинде 15 ке шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиў процесин жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, "Азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлиги ҳаққында"ғы, "Қорғаў илажлары, антидемпинг ҳәм компенсация бажылары ҳаққында"ғы жаңа редакциядағы нызамларды қабыл етиўди тезлестириў және бул бағдарда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы менен тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеў Президент тәрепинен әҳмиетли ўазыйпа сыпатында белгилеп берилди.
Техникалық жақтан тәртипке салыў, санитария, фитосанитария ҳәм ветеринария тараўларын реформалаў, бул бағдарларда кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў керек екенлиги айрықша атап өтилди.