Медицина тараўындағы жумыслар талланып, әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди
2025-05-08 09:15:00 / Мәжилислер

Соңғы 7 жылда денсаўлықты сақлаў тараўына ажыратылып атырған қаржы 6 есеге арттырылды. Аймақлардағы емлеўханалар материаллық-техникалық жақтан жаңаланды. Бурын тек ғана пайтахтта орынланған 400 ден аслам жоқары технологиялық операцияны ўәлаят ҳәм районларда өткериўге ерисилди. Мәҳәлледеги басланғыш буўын менен қәнигелескен хызметлерди байланыстыратуғын система жолға қойылды.
Елимизде ҳәр он мың халыққа 29 шыпакер туўра келеди. Бул көрсеткиш АҚШ, Уллы Британия, Финляндиядағы менен бирдей, Түркия ҳәм Канададағыдан болса көп. Бирақ бизде жумыс нәтийжелилиги, емлеў сапасы жақсы емес.
Мәселен, мәҳәлледе басланғыш буўын дурыс ислемегени себепли районларда кеселлениў ҳәм олардың аўыр ақыбетлери азаймай атыр. Жуқпалы болмаған кеселликлер мәмлекетимиз экономикасына ҳәр жылы 1 миллиард доллар әтирапында зыян келтирмекте.
Тез медициналық жәрдемдеги жәми шақырыўлардың төрттен бири созылмалы кеселлиги бар наўқасларға туўра келмекте. Айырым орынларда тез жәрдем поликлиникадай болып қалған. Ўәлаятлық ҳәм районлық емлеўханаларда хызметкерлердиң саны, орынлар, қаржылар дурыс бөлистирилмеген.
Медициналық қамсызландырыў системасын енгизиў жылдан-жылға созылып бармақта. Нәўбет ҳәм хызметлерди санластырыў да толық иске қосылмаған.
Бул жумысларда немқурайдылыққа жол қойғаны ушын денсаўлықты сақлаў министриниң еки орынбасары ўазыйпасынан босатылды, және биреўине ескертиў берилди.
Мәжилисте тараўдың басланғыш буўынын жақсылаў, кеселликлердиң алдын алыў, медицина хызметкерлериниң билимин ҳәм емлеўдиң сапасын арттырыў мәселелери додаланды. Халықтың қамтып алыўы, кеселликлердиң анализи ҳәм мүрәжатлар түринен келип шығып, жаңаша жумыс тәртиби белгиленди.
Бәринен бурын, басланғыш буўын реформаланып, медицина бригадасы ҳәм оған бириктирилген халық арасында еки тәреплеме шәртнама дүзиледи. Енди халық шаңарақлық шыпакерди еркин таңлайды, бул процесске жеке меншик шыпакерлер де тартылады.
Медициналық жәрдемниң кепилленген пакети тастыйықланады ҳәм пакет шеңберинде медициналық хызмет ҳәм дәри-дәрмақлар толық бюджеттен қапланады.
Басланғыш буўында барлық шыпакер ҳәм мийирбийкелер тек ғана толық ставкада ислейди. Поликлиникада акушер-гинекологлардың саны 2 есеге көбейтиледи. Ҳәр 3 мың балаға биреўден педиатр штаты жаңадан қосылады.
Районлардағы шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың жумысы қамтып алыў жағынан оптималластырылады. Орайлық поликлиника болса район емлеўханасының мәсләҳәт-диагностика бөлимине айландырылады. Барлық тар тараў қәнигелери усы жерде жумыс алып барады.
Бул поликлиникаларда шаңарақлық шыпакердиң базалық айлық мийнет ҳақысы 500 доллар, мийирбийкениң мийнет ҳақысы 300 доллар эквиваленти муғдарында болады. Олар маманлық сертификатын алса, және сонша үстеме төленеди. Егер олар мәҳәлледе жүрип, созылмалы наўқасларды кеселлик пенен жасаў ҳәм оны басқарыўға үйретсе, онкология, диабет, инсульт, инфаркт сыяқлы кеселликлерди ерте анықлап, аўыр асқыныўлардың алдын алса, мийнет ҳақысы және де артады. Яғный, шаңарақлық шыпакерлер 1,5 мың доллар, мийирбийкелер болса 600-800 доллар эквивалентинде айлық алатуғын система жаратылады.
Бул система быйыл 15 район ҳәм қалада, келеси жылдан Самарқанд ўәлаятының барлық аймақларында сынақтан өткериледи.
Соның менен бирге, шаңарақлық шыпакер ҳәм мийирбийкелердиң жуўапкершилиги де арттырылады. Мәҳәлледе инфаркт, инсульт, аналар ҳәм балалардың ерте өлими, созылмалы кеселлик себепли арттырылған майыплық болса, айрықша жағдай есапланады.
Майыплықты белгилеўде врачлық мәсләҳәт комиссиялары деген коррупциялық системадан толық ўаз кешиледи. Бул шаңарақлық шыпакер рәсмийлестирген ҳүжжет тийкарында медициналық-социаллық экспертиза комиссиясы тәрепинен белгиленеди.
Тараў жуўапкерлери ҳәм ўәлаят ҳәкимлерине «Медицинада 90 күнлик өзгерислер» бағдарламасы тийкарында емлеўханаларда күтиў орынлары ҳәм жолларды тәртипке келтириў, тазалық ҳәм мәдениятты арттырыў тапсырмасы берилди. Билимлендириў ҳәм барлық социаллық мәкемелерде «Таза қоллар» бағдарламасы енгизилип, санитариялық-гигиеналық шараяты жақсыланатуғыны айтылды.
Мәжилисте қәнигелестирилген медициналық хызметлер мәселеси де талланды.
Республикалық медицина орайларында бюджет есабынан тек ғана жоқары технологиялы қурамалы операциялар өткерилетуғыны белгиленди.
Электрон жоллама бериў ҳәм бөлистириў системасы да түп-тийкарынан өзгереди. Оған киргизилген кеселликлер дизими ҳәм бирден-бир базалық баҳасы тастыйықланады.
Наўқасқа республика дәрежесинде емлениў ушын берилген жоллама бирден-бир электрон майданға жайластырылып, оны барлық мәмлекетлик ҳәм жеке меншик клиникалар көрип турады. Олардың усыныслары тийкарында наўқас өзине ең мақул емлеўхананы таңлайды.
Ең аўыр машқала – балалар онкогематологиясы. Тилекке қарсы, елимизде бундай кеселликлердиң 75 проценти соңғы басқышларда анықланып атыр. Соның ушын, онкологияда болғаны сыяқлы, балалар рак кеселликлерине қарсы гүресиў бойынша да бес жыллық бағдарлама ислеп шығылады. Оған кеминде 110 миллион доллар қаратылады.
Дәри-дәрмақ қабыллаўды тәртипке салыў жүдә әҳмийетли мәселе. Раўажланған мәмлекетлер дәлиллерге тийкарланған медицинаға сүйенип, кең көлемде өткерилген клиникалық изертлеўлер арқалы нәтийжелилиги ҳәм қәўипсизлиги анық дәрилерден пайдаланады. Елимизде нәтийжелилиги дәлилленбеген дәрилердиң импорттағы үлеси 42 процент. Шыпакерлер оларды елеге шекем усыныс етип атырғаны себепли халық пайдаланбақта.
Сол себепли денсаўлықты сақлаў министрине халықаралық дәреклерде нәтийжесиз ямаса нәтийжелилиги үйренилмеген деп табылған дәрилерди клиникалық протоколлардан шығарыў ўазыйпасы қойылды.
Барлық медицина мәкемелери, биринши гезекте, балалар емлеўханаларында антибиотиклердиң тийкарлы қолланылыўы бойынша тексериў өткериў тапсырмасы берилди.
Мәжилисте тараўдағы билимлендириўдиң сапасына да айрықша итибар қаратылды.
Соңғы жети жылда медицина бағдарларына қабыллаў көбейип, жылына 25 мың студент оқыўға кирип атыр. Олардың 40 проценти жеке меншик жоқары оқыў орынларында оқып атыр. Бирақ бул тараўда билим ҳәм көнликпелерди баҳалаўшы ашық-айдын система жоқ.
Соның ушын енди медицина жоқары оқыў орынлары ҳәм техникум питкериўшилериниң заманагөй диагностика ҳәм емлеў усылларын өзлестириўи ашық-айдын система тийкарында айрықша баҳаланады. Буның ушын Медицина тараўын баҳалаў миллий орайы шөлкемлестириледи. Бул система ҳәзирги ўақытта ислеп атырған шыпакер ҳәм мийирбийкелерге де енгизиледи.
Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик клиникалар болса аккредитациядан өтеди. Медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ўазыйпасы мәмлекетлик ҳәм жеке меншик медицина жоқары оқыў орынлары, қәнигелескен орайлар ҳәм ўәлаятлық мәкемелерге бериледи.
Тараўға дуал билимлендириўди толық енгизиў, әмелдеги клиникаларды олардың қарамағына өткерип, жоқары оқыў орынларына финанслық еркинлик бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Улыўма, жуўапкерлерге медицина системасында қаржыларды дурыс жумсаў, санластырыў ҳәм қамсызландырыўды енгизиў, тәртип-интизам орнатып, адамларды разы етиў бойынша тапсырмалар берилди.