Альтернатив энергетика жойбарлары бойынша мәлимлеме берилди
2025-04-21 09:40:00 / Презентациялар

Халықтың энергия дереклерине талабын қанаатландырыў мақсетинде ҳәр жылы көплеген жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул жумыслардың нәтийжесинде кейинги бес жылда электр энергиясын ислеп шығарыў 30 процентке көбейип, 81,5 миллиард киловатт саатқа жетти.
2035-жылы елимизде электрден пайдаланыў 121 миллиард киловатт саат болыўы есап-санақ етилген. Сонлықтан узақты ойлап, энергетиканың барлық бағдарларын раўажландырыў илажлары көрилмекте. 2030-жылға барып, жәми генерацияда «жасыл» энергияның үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.
Бунда ең потенциаллы бағдарлар суў ҳәм атом қуўатлықларынан пайдаланыў болып табылады.
Атап айтқанда, 2025-2026-жылларда улыўма қуўатлылығы 167 мегаватт болған 2983 микро ГЭС қурыў белгиленген. Усы жойбарлардың нәтийжесинде 500 миллион киловатт саат экологиялық таза электр энергиясы ислеп шығарылады, 151 миллион метр куб тәбийғый газ үнемленеди. Қурылыс дәўиринде 1200 адам, жойбарлар иске қосылғаннан кейин 520 пуқара жумыслы болады.
Презентацияда энергетика министри быйыл әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша мәлимлеме берди. Атап өтилгениндей, быйыл қуўатлылығы 65 мегаватт болған 1 мың 185 микро ГЭС қурылады. Олардың көпшилиги исбилерменлер тәрепинен иске түсириледи.
Келешекте атом энергиясы да базалық дереклерден бирине айланыўы нәзерде тутылған. Ҳәзирги күнде елимизде киши қуўатлықтағы атом электр станциясын қурыў жойбары үстинде жумыс алып барылмақта. Болажақ станцияның ҳәр бир басқышы – жойбарластырыўдан тап питкенге шекем Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң қатаң қадағалаўы астында болады, дүньяның ең алдыңғы тәжирийбелери ҳәм қәўипсизлик талаплары енгизиледи.
«Өзатом» агентлигиниң басшысы бул бағдарда сөйлесиўлер ҳәм келисимлер, жойбардың барысы бойынша мәлимлеме берди.
Режедеги имаратларды өз ўақтында иске түсирип, халық ҳәм экономика тармақларын қосымша энергия менен тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.