Қәбилетли жаслар ушын имканиятлар кеңейтиледи
2025-03-28 09:20:00 / Презентациялар

Мәмлекетимиз тәрепинен жаслардың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, оларды хошаметлеў бойынша кең имканиятлар жаратылмақта. Соның ишинде, 14 Президент мектеби, 185 қәнигелестирилген ҳәм 9 дөретиўшилик мектеби шөлкемлестирилди. Олардағы оқытыў ҳәм баҳалаў системасы 1 мың 500 улыўма билим бериў мектебинде де енгизилди. Қәбилетли питкериўшилер ушын «Жаңа Өзбекстан» университети ашылды.
Булар – жасларымыздың дүнья дәрежесинде билим алыўына тийкар жаратады. Енди оларды дурыс бағдарлап, дүньядағы ең алдыңғы университетлерде оқыўына жәрдемлесиў зәрүр.
Өткен айда жаслар менен ушырасыўда Президентимиз бул бағдарда бир қатар басламаларды алға қойған еди. Презентацияда буның әмелий ҳәм шөлкемлестириў тәреплери көрип шығылды.
Атап айтқанда, усы мақсетте быйылғы жыл сентябрьден халықаралық мектептиң жумысын жолға қойыў режелестирилмекте. Буған дәслеп 8-класс питкериўшилери арасынан ең қәбилетли 60 ул-қыз таңлап алынады. Билимлендириў бағдарламасы халықаралық стандарт тийкарында 3 бөлимнен – тийкарғы пәнлер, қәнигелик пәнлери, жетекшилик ҳәм жәмийетлик белсендиликти үйрететуғын пәнлерден ибарат болады. Оқыў жылы 3 дәўирге бөлинип, 11 ай даўам етеди.
Президентимиздиң және бир басламасына муўапық, жасларымызды Американың «Печак лигасы» (The Ivy League) университетлерине таярлаў жолға қойылады. Бул ушын 6 басқышлы Миллий бағдарлама қабыл етиледи. Быйыл дәслеп 3 мың оқыўшы сайлап алынады. Оларға Президент ҳәм қәнигелескен мектеплерден 208 мәсләҳәтши бириктириледи.
Оқыўшылар Ренессанс дем алыў орынларында жыл даўамында 3 ҳәптелик интенсив оқыў кусларында оқытылады. Жақсы нәтийже көрсеткен 40 оқыўшы «Печак лигасы» университетлерине тәжирийбе алмасыў ушын жибериледи.
Кейинги әҳмийетли мәселе – сырт елде оқыған жасларды ўатанымызда өз тараўы бойынша мүнәсип жумыс пенен тәмийинлеў. Бул бағдарда «Мәмлекеттиң алтын фонды жәмийетшилиги»н дүзиў усыныс етилмекте. Ол арқалы қәбилетли жаслар бирден-бир платформада бирлестириледи. Сырт елде билим алып қайтқанлар ушын жеңилликлер, грантлар, стартап бағдарламалары ҳәм басқа да имканиятлар жаратылады. Ҳәр жылы 25-майда жәмийетшиликтиң съезди өткерилип, онда билимлендириў реформалары қәбилетли жаслар ушын жаратылған имканиятлар, сырт ел жоқары оқыў орынларының тәжирийбеси сыяқлы темаларда сөйлесиў жолға қойылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўды системалы жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти.
Бүгинги күнде «Эл-юрт умиди» қоры арқалы 750 ўатанласымыз сырт елде оқып атыр. Жуўапкерлерге жасларымыз ушын бул имканиятларды буннан былай да арттырыў, қордың жумысын жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.