Атом энергетикасы жойбары көрип шығылды
2025-03-28 09:15:00 / Презентациялар

Мәмлекетимизде энергетика тараўында көплеген жойбарлар әмелге асырылып атырғаны нәтийжесинде кейинги бес жылда электр энергетикасын ислеп шығарыў 30 процент көбейип, 81,5 миллиард кловатт саатқа жетти. Артып баратырған талапты қанаатландырыў ушын қайта тикленетуғын энергия дәреклери де жедел раўажландырылмақта. Оның генерациядағы үлеси 16 процентке жетип, өткен жылы 3,2 гигаваттлы қосымша қуўатлылық жаратылды.
Бул тараўда узақты гөзлеў, келешекке ҳәзирден тийкар жаратыў керек. 2035-жылы елимизде электрден пайдаланыў 121 миллиард киловатт саат болыўы есапланып шығылған. Сол себепли энергетиканы барлық бағдарларда раўажландырыў илажлары көрилмекте.
Атап айтқанда, 2030-жылға барып, жәми генерацияда «жасыл» энергия үлесин 50 процентке жеткериў режелестирилген. Узақ мүддетте атом энергиясы базалық дәреклерден бирине айланыўы нәзерде тутылған.
Ҳәзирги күнде киши қуўатлы атом электр станциясын қурыў жойбары үстинде жумыс алып барылмақта. Оны әмелге асырыў имканиятларын додалаў ҳәм «жол картасы»н таярлаў мақсетинде жумысшы топарлардың ушырасыўлары өткерилди.
Халықаралық атом энериясы агентлиги менен 2025-2027-жылларға мөлшерленген Биргеликтеги ҳәрекетлер режеси ислеп шығылды. Болажақ станция қурылысының ҳәр бир басқышы-жойбарластырыўдан питкенге шекем Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң қатаң қадағалаўы астында болады, жер жүзиниң алдыңғы тәжирийбелери ҳәм қәўипсизлик талаплары енгизиледи.
Мәжилисте жуўапкерлер жойбардың барысын, бирге ислесиўшилер менен сөйлесиўлер бойынша мәлимлеме берди. Руқсатнамалар алыў ҳәм қаржыландырыў мәселелери, сондай-ақ, үлкен қуўатлы атом электр станциясының техникалық-экономикалық тәреплери ҳәм оны қурыў режелери көрип шығылды.