Жол қурылысы жойбарлары бойынша есабат берилди
2025-03-27 09:50:00 / Презентациялар

Мәмлекетимизде улыўма 184 мың километрден аслам автомобиль жолы бар. Таллаўларға бола, халықаралық әҳмийетке ийе жолларымыздың 25 проценти үлкен жүклемеде ислемекте. Мәселен, күнине 32 мың автомобильге мөлшерленген “Ташкент – Самарқанд” жолында 45 мың транспорт қатнамақта. Тығылыс себепли бир ўақытлары оған 6 саатқа шекем ўақыт кетпекте. 2030-жылға барып ҳәрекет жеделлиги 80 мыңнан артыўы мүмкин.
Өзбекстан Президентиниң 2023-жыл 10-октябрьдеги қарарында заманагөй автомобиль жолларын шөлкемлестириў перспективалары белгиленген еди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет, биринши гезекте, халыққа қолайлықлар жаратыў, миллий экономикада логистика шынжырларын беккемлеў болып есапланады.
Усы қарарға муўапық, Ташкенттен Самарқандқа ҳәм Әндижанға апаратуғын альтернатив жоллар қурыў үстинде жумыс алып барылмақта. Соның ишинде, Жәҳән банки қатнасыўында “Ташкент – Әндижан” жолы жойбарластырылды. Январьда оны қурыў бойынша халықаралық тендер жәрияланды. Қысқа ўақытта оған 30 дан аслам абырайлы сырт ел компаниялары қызығыўшылық билдирди.
Улыўма узынлығы 314 километр болған тезжүрер магистрал пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде Ташкент пенен Әндижан арасындағы қатнаў ўақты 5 сааттан 3 саатқа шекем қысқарады. Сондай-ақ, бул жалпы ишки өнимди 2,6 процентке арттырып, авто аварияларды 40 процентке азайтыў имканиятын береди.
Және бир жойбар Ташкент пенен Самарқандты байланыстыратуғын қосымша жол қурыўға қаратылған. Сырт ел қәнигелериниң қатнасыўында оның техникалық-экономикалық тийкарлары ислеп шығылған. Бул жаңа жолдың узынлығы 300 километр әтирапында болады. Оның нәтийжесинде Ташкент пенен Самарқанд арасында қатнаў ўақты 4,5 сааттан 2,5 саатқа шекем қысқарады. Ҳәзирги бар жолда тығылыс бир талай азаяды.
Улыўма, бул жаңа жоллар барлық заманагөй талапларға жуўап беретуғын, альтернатив ҳәм қолайлы болады. Оларда айдаўшы ҳәм жолаўшылар ушын түрли төлемли хызметлер жолға қойылады. Қурылыс процесинде жергиликли қурылыс кәрханалары да қатнасыўы мүмкин болады.
Транспорт министри усы жойбарлар жағдайы бойынша презентация өткерди. Геодезия жумысларын жеделлестирип, жолардың аймағын таярлаў, қурылысқа қаржы ҳәм жумысты бөлип алып ислеўшилерди тартыў мәселелери көрип шығылды